"Судларда комплаенс-қадағалаў системасының нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы Президент Пәрманы қабыл етилди. Ҳүжжетке муўапық, суд аппараты хызметкерлери арасында коррупцияның алдын алыў ҳәм мәплер қарама-қарсылығын тәртипке салыў ушын жуўапкер болған Комплаенс-қадағалаў хызмети дүзиледи.
Жаңа структураның басшысы Олий суд баслығы тәрепинен лаўазымға тайынланады. Хызметке жоқары юридикалық мағлыўматлы ҳәм тараўда кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған кемшиликсиз абырай-мәртебели талабанлар қабыл етиледи. Сондай-ақ, лаўазым дәрежесине ийе хызметкерлер ушын қәнигелестирилген хызмет кийими енгизиледи.
Өзбек тилинде оқыў
Информация бағдары @KarPressa