Архив доступен 15 898 сообщений С 2022 года

Лента канала хранится отдельно от общего реестра и подгружается страницами, чтобы аналитик мог читать архив без тяжёлого общего поиска поверх сообщений.

Ерте писер ғарбыз қәўипли болыўы мүмкин!

Май айында сатыўға шығып атырған айырым ерте писер ғарбызлардың қурамында нитрат ҳәм басқа да зыянлы затлар муғдардан артық болыўы мүмкин. Бул болса, кеўил айныўы, бас айланыўы, ҳәлсизлик ҳәм ҳәттеки зәҳәрлениўге алып келиўи мүмкин.

Ғарбызды тексериў ушын оның кишкене бөлегин суўға салың. Егер суўдың реңи 1-1,5 саат ишинде өзгермесе ғарбыз қәўипсиз есапланады. Суў қызыл, сары түске кирсе, бундай гарбызды пайдаланбаў усыныс етиледи.

Әсиресе балалар, кекселер ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар ерте писер өнимлерди таңлаўда абайлы болыўы керек.

Қәнигелер өз мәўсиминде тәбийғый пискен ғарбызларды жеўди усыныс етпекте.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

MANZILLARIMIZ

14-15-16 IYUN idea’da Alif Juma -50% ga shekem ULKEN SHEGIRMALAR!

Maģlıwmat ushın: 712307799 | Chat Nigina

Asigʻiń, texnikalar sani sheklengen hám baxalar múddetli toʻlemge jigirma toʻrt aygʻa koʻrsetilgen!

Nókis q - Mánzil: Mega Nukus oldida

Qońırat q - Mánzil: Mega Park oldida

Beruniy q - Mánzil: Beruniy Sawda orayınıń qarama-qarsı

Tórtkúl rayonı - Mánzil: Ǵárezsizlik MPJ, Beruniy kóshesi, 66 d

Àmiwdàrya rayonı - Mánzil: Mang‘it qalasì, Qıpshaq Shax kóshesi 40-úy

Shimbay rayoni - Mánzil: Shımbay diyqan bazarı oldida

ALIF JUMA | Instagram | Do'konlarimiz

Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районының айырым мәҳәллелеринде (Аралға жақын) шегиртке басқыншылығы жүз берген.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Президент Шавкат Мирзиёев Владимир Путинди Россия күни менен қутлықлады

"Өзбекстан Республикасының көп миллетли халқы атынан ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм дос Россия Федерациясы халқын миллий байрам - Россия күни менен қызғын қутлықлайман," - делинеди хатта.

Мәмлекет басшысы бул қутлы сәне Россия халқының терең тарийхый тамырларын, бай руўхый ҳәм мәдений мийрасын, салмақлы жетискенликлерин, сондай-ақ, мәмлекетшиликти беккемлеўге ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланыўға умтылысын өзинде айқын сәўлелендириўин атап өтти.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Билегиңизге тағылатуғын электрон тонометр - бир түйме менен қан басымын, жүрек урыўын ҳәм пульс тезлигин анық өлшейди.

Енди шыпакерге барыў шәрт емес нәтийжени үйде, бир неше секундта билесиз!

Қолайлықлары

Рус тилинде даўыслы оқыў - жасы үлкенлер ҳәм көриўинде машқаласы болғанлар ушын жүдә пайдалы функция

Аритмия индикаторы - жүректеги бузылыўларды ерте сезеди.

Еслетпе: Анық нәтийже ушын өлшеўден алдын 10 минут дем алың. Жаңа жүрип келгеннен ямаса искерликтен соң дәрҳал өлшеў - қәтелерге алып келеди

Бүгин-ақ буйыртпа бериң ҳәм денсаўлығыңызды бәрқулла бақлаўда сақлаң!

Хәзирде 2-Кун шегирме

Ески баҳасы: 289.000 cум

Аксия баҳасы: 99.000 сум

Буйыртпа бериў ушын көк силтемени басың

Төлемди өнимди қолыңызға алғанда қыласыз!

Өзбекстан бойлап жеткизип бериў хызмети бар

Алымлардың изертлеўине қарағанда - инсан қасында қол телефоны менен уйқыласа, жаманрақ уйқылаўы ҳәм күн даўамында тез шаршаўы анықланды.

Егерде қол телефонымыз жатқан жеримизден қол жететиндей аралықта болса, уйқы жүзеки ҳәм қысқарақ болыўы анықланды. Ярым түнде ўақты-ўақты менен ояныў жағдайы гүзетиледи. Сол себепли, күн даўамында ҳәлсизлик жүзеге келеди.

Егер сиз жатыўдан алдын телефоныңызды жатқан жериңизден узақ аралыққа қойсаңыз, сол ўақытта ғана уйқы сапасы өз орнына келеди.

Жақынларыңызға жиберип, ескертип қойың

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Mikroqarz — 30 kungacha 0%, ilovani yuklab oling

Istalgan maqsadlar uchun 100 mlngacha. 30 kungacha 0%, AVO bank ilovasida oling

Oʻrnatish

reklama 16+

avo.uz

Тайынлаў

Толыбаев Рустам Тенгелбаевич — Қоңырат районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары — аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Ол тайынлаўға шекем Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты «Аўыл хожалығын механизацияластырыў» кафедрасы ассистенти лаўазымында жумыс алып барған.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Ҳәпте даўамында температура +42 градусқа шекем көтерилиўи күтилмекте

Дем алыс күнлери Өзбекстанның үлкен бөлегинде қурық ҳәм тийкарынан аз бултлы ҳаўа райы бақланады. Тек ғана арқа-батыс аймақларына Каспий теңизинен ығал ҳаўа массасы кирип келе баслайды. Ҳаўа температурасы +36…+38, ең шетки қублада +42 градусқа шекем көтериледи.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

РӘСМИЙ МҮНӘСИБЕТ.

Усы күнлерде социаллық тармақларда «Өзбекстанда военкоматлар басқышпа-басқыш сапластырылады» деген надурыс талқыдағы хабарларға Қорғаныў министриниң мәлимлеме сиясаты бойынша мәсләҳәтшиси, баспасөз хаткери — Улуғбек Фаттаховтың мүнәсибети.

Военкоматлар сапластырылғаны жоқ, санластырылмақта, хабарды тарқатып қойыңлар.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Ozbekiston ilk bor jahon futbol sahnasida!

Jurnalistlarimiz JCH-2026 musobaqasida bevosita faoliyat olib borib, turnirning eng muhim voqealari, O‘zbekiston terma jamoasi atrofidagi muhit, futbolchilar va murabbiylarning fikrlari haqida birinchilardan bo‘lib xabar beradilar.

Shuningdek, siz uchun voqealar joyidan eksklyuziv materiallar tayyorlaydilar.

Kanalimizga obuna bo‘ling va JCH-2026da O‘zbekiston terma jamoasining tarixiy ishtirokini biz bilan birga kuzating!

Obuna boʻlish

reklama 16+

Өзбекстанлылардың кредит қарызы рекорд дәрежеге жетти

2026-жыл 1-май жағдайына бола, халықтың банклер алдындағы кредит қарыздарлығы 230,8 триллион сумды қурады. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 40,3 трлн сумға ямаса 21,2%ке көп.

Соңғы жыллардағы өсим

2020-жыл — 43,8 трлн сум

2021-жыл — 58,7 трлн сум

2022-жыл — 75,3 трлн сум

2023-жыл — 113,9 трлн сум

2024-жыл — 156,1 трлн сум

2026-жыл — 230,8 трлн сум.

Нәтийжеде, ақырғы алты жыл ишинде халықтың банк кредитлериниң көлеми 5 еседен асламға өскен.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

HUMO va Alipay+ — 50 mamlakatda to'lov

HUMO kartasi endi xorijda ishlaydi. Sayohat, xarid, restoranlar — Tez va qulay. Batafsil: https://humoalipay.uz/

Batafsil

reklama 16+

humoalipay.uz

Facebook, Instagram, WhatsApp, Messenger ҳәм Threads’да глобал насазлық бақланбақта.

Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, машқала Мета компаниясының серверлери менен байланыслы.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Газ баллонын алыў тәртиби әпиўайыластырылды

2026-жыл 1-июннан баслап суйылтылған газ тәмийнатынан пайдаланыў ушын арза тапсырыў онлайн ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы әмелге асырылады.

Белгиленген тәртипке муўапық, мүрәжат келип түскен күни ўәкилликли оператор тәрепинен мағлыўматлар «Е-gaz» мәлимлеме системасына киргизиледи. 1 жумыс күнинде усынылған мағлыўматлар тексерилип, 3 жумыс күнинде мәнзилге шығып үйрениў жумыслары әмелге асырылады ҳәм акт рәсмийлестириледи.

Унамлы жуўмақ тийкарында тутыныўшы менен тийисли шәртнамалар дүзилип, «Face-ID» системасы арқалы есап ашылады. Буннан соң тутыныўшыға 1 дана турмыслық газ баллоны 12 жумыс күнинде бийпул жеткерип бериледи.

Бул хызмет жаңа пайдаланыўшылар ушын мөлшерленген болып, тәбийғый газ бенен тәмийинленбеген ҳәм суйылтылған газден пайдаланыўға бейимлестирилген аймақларда жасаўшы тутыныўшыларға көрсетиледи.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

2026-жылғы Жәҳән чемпионатына қатнасыўшы командалар төмендеги муғдарда сыйлық пулын алады

1-орын — 50 млн доллар

2-орын — 33 млн доллар

3-орын — 29 млн доллар

4-орын — 27 млн доллар

5–8-орынлар — 19 млн доллар

9–16-орынлар — 15 млн доллар

17–32-орынлар — 11 млн доллар

33–48-орынлар — 9 млн доллар

Сондай-ақ, ҳәр бир қатнасыўшы сайланды командаға шөлкемлестириў қәрежетлери ушын 1,5 млн доллардан ажыратылады.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Өзбекстанда жол бийзарлығы ушын автомашинаны коньфискациялаў усыныс етилди

Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети баслығы Шерзод Ибрагимовтың мәлим етиўинше, транспорт қуралын басқарыў ҳуқықына ие болмаған яки бул ҳуқықтан айырылған шахс тәрепинен әмелге асырылған жол бузғыншылығы ушын автомобильди алып қойыў ямаса ўақтынша алып қойыў түриндеги қосымша жаза илажын қолланыў усыныс етилген.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

MANZILLARIMIZ

Tek 5 kún! 12-16 IYUN idea’da Alif Juma -50% ga shekem ULKEN SHEGIRMALAR!

Maģlıwmat ushın: 712307799 | Chat Nigina

Asigʻiń, texnikalar sani sheklengen hám baxalar múddetli toʻlemge jigirma toʻrt aygʻa koʻrsetilgen!

Nókis q - Mánzil: Mega Nukus oldida

Qońırat q - Mánzil: Mega Park oldida

Beruniy q - Mánzil: Beruniy Sawda orayınıń qarama-qarsı

Tórtkúl rayonı - Mánzil: Ǵárezsizlik MPJ, Beruniy kóshesi, 66 d

Àmiwdàrya rayonı - Mánzil: Mang‘it qalasì, Qıpshaq Shax kóshesi 40-úy

Shimbay rayoni - Mánzil: Shımbay diyqan bazarı oldida

ALIF JUMA | Instagram | Do'konlarimiz

Өзбекстанда дәриханалардағы баҳаларды тексериў ушын жаңа мобиль қосымша иске түсириледи

Қосымша арқалы ҳәр бир пайдаланыўшы дәриханалардағы баҳаларды аңсат тексериўи ҳәм қағыйдабузаршылықлар болса, шағым жибериўи мүмкин болады.

Бул ҳаққында Ташкентте өтип атырған В Халықаралық фармацевтика форумында мәлим етилди

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Бугин Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақта 10 саат ишимлик суўы өшеди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-декабрьдеги ПҚ-393-санлы қарары тийкарында, Хожели районы "Кулаб" АПЖ аймағында суў бөлистириў қурылмасын жаңадан қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Усы мүнәсибет пенен, "Кулаб" АПЖ аймағынан өтиўши "Тақыятас-Қоңырат" магистраль ишимлик суў тармағына жалғаныў жумыслары алып барылыўы мақсетинде, 2026-жыл 12-июнь күни саат 08:00 ден 18:00 ге шекем Хожели, Қанлыкөл, Шоманай, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында жасаўшы халықлар, социаллық обектлер, ҳәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суўын жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылатуғынлығын мәлимлеймиз.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар